ТАТУ Нөкис филиалында клавиатурадан тез жазыў бойынша чемпионат болып өтти. 2016 жыл 29-март күни Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында клавиатурадан тез жазыў бойынша “TEXT-TIME” атамасындағы чемпионат болып өтти. Усы таңлаўға филиалдың 100 ден аслам студент жаслары берилген тапсырма бойынша клавиатурада текстлерди тез терип, өз-ара беллести. Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет филиал студент жасларын илимий-техникалық дөретиўшиликке кеңнен қызықтырыў, жаслар арасынан уқыплы ҳәм зийреклилерин анықлаў ҳәмде олардың излениўлерин мақсетли түрде бағдарлаў, студент жаслардың дөретиўшилик искерлигин қоллап қуўатлаў ҳәм ылайықлы түрде хошаметлеў болып табылады. Таңлаў еки бағдарда өткерилди. 1. Кирил графикасына тийкарланған клавиатурада текстлерди териў; 2. Латын графикасына тийкарланған клавиатурада текстлерди териў. Қатнасыўшылар усы еки бағдарда да өз күшин сынап көрди. Таңлаў еки басқышта 4 саат даўамында өткерилип, ең тез жазған 15 студент саралап алынды ҳәм олар финал басқышында өз-ара беллесип, жеңимпазлар анықланды. Кирил графикасына тийкарланған клавиатурада текстлерди териў бағдары жеңимпазлары: 1-орын 2 в курс “Телекоммуникация технологиялары” бағдары студенти Ерназаров Батыр; 2-орын 2 в курс “Компьютер инжиниринги” бағдары студенти Уразымбетов Рахат; 3-орын 2 в курс “Компьютер инжиниринги” бағдары студенти Абсеметов Мухаммед; Латын графикасына тийкарланған клавиатурада текстлерди териў бағдары жеңимпазлары: 1-орын 4 б курс “Информатика ҳәм информациялық технологиялары” бағдары студенти Адилбаев Аймурза; 1-орын 1 в курс студенти Турғанбаев Шәрияр; 2-орын 4 б курс “ Информатика ҳәм информациялық технологиялары ” бағдары студенти Өтеғулов Жәнибек; 3-орын 2 б курс “Программалық инжиниринги” бағдары студенти Бакиров Ақылбек. Солай етип таңлаў жуўмағында университеттиң клавиатурадан тез жазыў бойынша чемпионлары анықланды ҳәм ылайықлы түрде хошаметленди.